N
New Muynak City
@newmuynakcity389 подп.
959просмотров
14 ноября 2024 г.
stats🎬 ВидеоScore: 1.1K
Мойнақтағы дуз заводта айына 2,8-3 мың тонна дуз өнимлери ислеп шығарылады “Мўйноқ минерал тузи” жуўапкершилиги шекленген жәмийети имараты 2017-жылы салынып баслаған,  2019-жылдан баслап завод болып иске түскен. Кәрхананың жумыс алып барыўы менен районымыз аймағындағы 100ден аслам жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, жумысшылар ушын қолай шараятлар жаратылған. Атап айтканда, жумыс 2 мезгилде алып барылып, ҳәр мезгилде еки мәртеден жумысшылар аўқатландырылады. Ҳәзирги ўақытта завод жумысшыларының ис ҳақысын көбейтиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Заводта ислеп шығарылып атырған дузлар жоқары сортлы  дузлар есапланады. Дуз өнимлери мәмлекетимиздиң барлық аймақларына жеткерилип берилмекте ҳәм Грузия, Аўғанстан, Қазақстан мәмлекетлерине экспорт етилмекте. Бул заводтың Қоңырат районына жақын жерде жайласқан «Барса келмес» дуз кәни жанынан филиалы салынбақта. muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
959
просмотров
943
символов
Нет
эмодзи
Да
медиа

Другие посты @newmuynakcity

Все посты канала →
Мойнақтағы дуз заводта айына 2,8-3 мың тонна дуз өнимлери ис — @newmuynakcity | PostSniper