N
New Muynak City
@newmuynakcity389 подп.
897просмотров
3 ноября 2024 г.
📷 ФотоScore: 987
#диалог Мойнақ районы орайындағы «Әжинияз» көшесиниң еки тәрепи бойлап өсип турған тереклер аллеясын көрген туристлер сорайды: - Сизлер саҳрада қалай терек көгертип қойыпсызлар? Бизиң жуўабымыз: - Бизлер инновациялық яғный суўғарыўдың жаңа усылларынан пайдаланамыз. Сондай-ақ, жасыллықты пайда етиўде өз алдына мойнақша тәжирийбемизди пайда еткенбиз. Туристлер: - Мойнақша тәжирийбе бул қандай тәжирийбе? Жуўап: - Алдын суўы бар болып, ҳәзир суўы тартылып қалған жерлердиң өзгерген қурамын үйрениў арқалы сол жерге сәйкес келетуғын нәллерди егиў тәжирийбесин қолланамыз. Туристлер: - Шөл аймақта терек көгертиўдиң өзи үлкен кәрамат. Қалай айтсаңыз да, илим ҳәм жаңа технологиялардың қүдирети саҳрада терек көгертиўге әззилик ететуғындай? Мойнақлылардан жуўап: - Аўа, Бизиң аўызбиршилигимиз - бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўдағы тийкарғы қүдиретимиз есапланады! Биз аўызбиршилигимиз арқалы усындай нәтийжеге ериспектемиз! muynak.uz | Facebook | Instagram | YouTube | Twitter
897
просмотров
1001
символов
Нет
эмодзи
Да
медиа

Другие посты @newmuynakcity

Все посты канала →
#диалог Мойнақ районы орайындағы «Әжинияз» көшесиниң еки тәр — @newmuynakcity | PostSniper